
Японияда ҳаўа температурасының жоқарылығы себепли 14-июль күни алты адам дүньядан өтти. 1,5 мыңнан артық адам емлеўханаға жатқызылған, деп хабар берди TASS.
Дәреклердиң берген мағлыўматына муўапық, жәзийрама ыссы себепли 1536 адам емлеўханаға жатқызылған. Мәмлекеттиң айырым қубла районларында ҳаўаның температурасы +39 дәрежеге шекем көтерилген.
Сахибжамал Есемуратова