Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.07.2018 11:15
  • 1366

ҚУДРАТХЎЖАЕВ: Жаңа университетке абитуриентлерден дөретиўшилик имтиханды белгили журналистлер алады

ҚУДРАТХЎЖАЕВ: Жаңа университетке абитуриентлерден дөретиўшилик имтиханды белгили журналистлер алады

Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети ректоры, журналист, «Халық аралық Пресс Клуб»тың баслығы Шерзод Қудратхўжаев «Ўзбекистон 24» радиоканалындағы «Прайм Тайм» туўрыдан-туўры еситтириўиниң мийманы болды.
Эфир даўамында Шерзод Қудратхўжаев жаңадан шөлкемлестирилген университетке 13-июль сәнесиндеги мағлыўматларға муўапық, 500 ге жақын абитуриенттиң тапсырғанлығын айтып өткен. Қалған еки күн даўамында бул сан 700ге шамаласқан.
Тест сынақлары ҳәм дөретиўшилик имтиханлар үлкен залда (Экспоорай) өткериледи.
Дөретиўшилик имтиханлар ҳәм сәўбетти жоқары оқыў орнының оқытыўшылары емес, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларының тәжирийбели ўәкиллери өткереди. Қудратхўжаевтың айтыўына қарағанда, усы жол менен дөретиўшилик имтиханлардың ашықлығын тәмийинлеўге ерисиў мүмкин.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети