Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.07.2018 12:18
  • 1643

«Санлы нәшебентлик». Социаллық тармақлар адамларды жаўыз ҳәм қызғаншақ етип қоятуғынлығы анықланды

«Санлы нәшебентлик». Социаллық тармақлар адамларды жаўыз ҳәм қызғаншақ етип қоятуғынлығы анықланды

Scope қайырқомлық шөлкеми тәрепинен өткерилген изертлеўлерге муўапық, социаллық тармақлардан пайдаланыў адамларды бахытсыз ҳәм қызғаншақ етип қояды. Бул ҳаққында Sky News хабар бермекте, деп жазады Sof.uz сайты.
Сораўнама нәтийжелерине муўапық, социаллық тармақларда басқа пайдаланыўшылар менен сәўбетлескенлердиң дерлик үштен еки бөлими өзин бахытсыз ҳәм жалғыз деп сезеди. Сораўнамада қатнасқан 1500 пайдаланыўшының ярымы болса өзиниң дыққатты тартыў қәбилетине ийе емеслигине исеним пайда еткен.
Сондай-ақ, изертлеў қатнасыўшыларының көпшилиги социаллық тармақларға бағынышлы болып қалғанын тән алып, олардан азырақ пайдаланыўдан кеўли толатуғынлығын билдирген.
Пайдаланыўшылардың ярымы сәўбетлеси жиберген оғада жеке, сезимлерге толы хабарларды унатпайтуғынлығы анықланды.
- Адамлар көп ўақтын интернетке сарплайды. Бул болса көпшилик жағдайларда олардың ашыўшақ болып қалып, өзин жаман сезиниўге алып келеди. Адамлар «санлы нәшебентлик»тен дем алыўы керек, - дейди Scope ўәкили.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған