Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.07.2018 12:37
  • 1669

17-июль күни «Ўзбекистон ҳаво йўллари» МАКтың Ургенчке авиарейслери Нөкис арқалы әмелге асырылады

17-июль күни «Ўзбекистон ҳаво йўллари» МАКтың Ургенчке авиарейслери Нөкис арқалы әмелге асырылады

«Ўзбекистон ҳаво йўллари» МАК Ургенч аэропорты ўақытша жабылғаны мүнәсибети менен 17-июль күни Ташкент – Ургенч – Ташкент жөнелиси бойынша авиақатнаўларға өзгерислер киргизилгени ҳаққында хабар берди. Бул ҳаққында Gazeta.uz хабар бермекте.
17-июльдағы авиарейслер кестеси:
- HY051 рейси: Ургенч орнына Нөкиске 08:30 да ушады. Нөкиске қоныў – 10:15 те.
- HY052 рейси: Ургенч орнына Нөкистен 11:10 да ушады. Ташкентке қоныў – 12:45 те.
- HY057 рейси: Ургенч орнына Нөкиске 16:40 та ушады. Нөкиске қоныў – 18:45 те.
- HY058 рейси: Ургенч орнына Нөкистен 19:05 те ушады. Бухараға қоныў – 20:45 те.
Бухарадан ушыў – 21:05 те, Ташкентке қоныў – 22:10 да.
Жоқарыда көрсетилген Ташкент – Ургенч – Ташкент, Ургенч – Бухара ямаса Бухара – Ташкент жөнелислери бойынша ушатуғын жолаўшылар пәрўазға алдын рәсмийлестирилген авиабилетлер бойынша қосымша жыйымларсыз қабыл етиледи.
Ургенчте ушыўшылар ушын Нөкистен Ургенч аэропортына шекем автобус қатнаўы жолға қойылады.
Ургенчтен ушатуғын жолаўшыларға Нөкис аэропортына автобуста өз ўақтында жетип барыў ушын Ургенч аэропортына пәрўазға ең кеминде 4 саат қалғанда келиў соралмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған