Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.07.2018 11:11
  • 1481

Мектеп директорлары Бақлаў кеңеслери тәрепинен сайланады

Мектеп директорлары Бақлаў кеңеслери тәрепинен сайланады

Өзбекстанда мектеп директорларын сайлайтуғын Бақлаў кеңеслери шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында ҳүкиметтеги дәрек Kun.uz сайтына мәлим еткен.
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң режелерине муўапық, кеңеслер белсенди ата-аналар ҳәм мектептиң табыслы питкериўшилеринен қәлиплестириледи.
- Бақлаў кеңеслери Халық билимлендириў министрлигиниң усынысына муўапық директорларды сайлаў, мектептиң бюджет ҳәм бюджетлик емес қаржылары, соның ишинде директор қорын қадағалаў ҳуқықына ийе болады, - деп айтылған хабарда.
Және бир әҳмийетли өзгерис реформаларды әмелге асырыў мақсетинде Халық билимлендириў министрлигиниң басқарыў мәкемелери структурасын қайта көрип шығыў болады. Халық билимлендириў министри министрликтиң структурасына улыўмалық муғдар шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳәм халық билимлендириў тараўындағы барлық мәселелер бойынша шешим қабыл етиў ҳуқықына ийе болады. Атап айтқанда, министр Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, оқыўлық режелер, хызметкерлерди хошаметлеў, халық билимлендириў тараўындағы қәрежетлер сметасын еркин қәлиплестириў ҳуқықына ийе болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...