Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.07.2018 12:07
  • 1552

Келешекте оқытыўшы болыўды қәлейтуғынлар бары-жоғы 3% ти қурайды. Бул үлкен жоғалтыў…

Келешекте оқытыўшы болыўды қәлейтуғынлар бары-жоғы 3% ти қурайды. Бул үлкен жоғалтыў…

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-июль күни улыўмалық орта билим бериў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў мәселелерине арналған жыйналыста елимизде оқытыўшыларға деген итибардың төменлеп кеткенлиги, оқытыўшының қәдири қалмағанлығын кескин сын астына алды, деп жазады Kun.uz.
Жыйналыста Президент оқытыўшылық кәсибиниң жәмийетлик статусын арттырыў бағдарында халықаралық алдынғы тәжирийбелер ҳәм изертлеўлерге айрықша тоқталып, Қытай Халық Республикасында өткерилген сораўнамада 55% халық перзентлериниң келешекте оқытыўшы болыўын қәлейтуғынлығын атап өтти.
Өзбекстанда болса сораўнамада қатнасқанлардың бары-жоғы 7% и, оқытыўшылар арасында болса көби менен 3% и перзентиниң оқытыўшы болыўын қәлейтуғынлығын билдирген.
Жыйналыста оқытыўшылық кәсибиниң жәмийеттеги статусын арттырыў, оларды хызмет шеңберине тийисли болмаған жумысларға, яғный абаданластырыў, мәжилислерде қатнасыў, газета-журналларға жазылыўға тартыў, үйме-үй жүриў ҳәм басқа илажларға улыўма тартпаў, ҳәр қыйлы қадағалаў органлары ҳәм ҳәкимликке тийисли шөлкемлер тәрепинен оқытыўшылардың жумысларын тексериў ҳәм үйрениўлерди қатаң түрде шеклеў тапсырмасы берилген.
Сондай-ақ, оқытыўшылардың ҳуқықларын қорғаў ушын арнаўлы ҳуқықый хызметти қәлиплестириў, ғалаба хабар қураллары арқалы оқытыўшының абыройын арттырыўға бағдарланған социаллық роликлерди ислеп шығып, кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў зәрүрлиги атап өтилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...