Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.07.2018 09:44
  • 1711

KarInform.uz сайтының редакторы Журналистлерди қайта таярлаў орайы ҳәм ЕҚБШ тәрепинен өткерилген семинарға қатнасып қайтты

KarInform.uz сайтының редакторы Журналистлерди қайта таярлаў орайы ҳәм ЕҚБШ тәрепинен өткерилген семинарға қатнасып қайтты


KarInform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков усы жылдың 20-21-июль күнлери Ташкент қаласында Журналистлерди қайта таярлаў орайы ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстан Республикасындағы Жойбарлар координаторы тәрепинен «Терроризмга қарши курашда оммавий ахборот воситаларининг роли» атамасындағы екинши мәрте өткерилип семинарға қатнасып қайтты.
Семинарды Журналистлерди қайта таярлаў орайының тренерлери – PhD, ӨзМЖТУ халықаралық журналистика факультетиниң үлкен оқытыўшысы Б.Алимов ҳәм «Өзбекстан 24» телерадиоканалының аға редакторы Н.Тошпўлатовалар алып барды. Олар семинар барысында заманагөй террористлик ҳәрекетлердиң классификациясы, жаслар психологиясына сәйкес түрде терроризмге жетелейтуғын қәўипли экстремизм ҳәм радикализм (ТЖҚЭР) темасын сәўлелендириў бойынша Гантт Чарт тәртиби, телевидение, интернет-ҒХҚлар ушын ТЖҚЭРға байланыслы социаллық видеороликлер таярлаўдың өзине тән тәреплери, экстремистлик топарлар ҳәм халықаралық террористлик шөлкемлердиң медиа орталықтағы имиджи және тема дөгерегиндеги заманагөй усыллар бойынша Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан келген 20 дан аслам журналистлерге әмелий сабақлар өтти.

KarInform.uz сайтының редакторы Журналистлерди қайта таярлаў орайы ҳәм ЕҚБШ тәрепинен өткерилген семинарға қатнасып қайтты

Сондай-ақ, семинар даўамында усы тема бойынша әмелий көнликпелерге және үлкен тәжирийбеге ийе болған журналистлер – В.Михайлов ҳәм Ю.Черногаев, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша мәмлекетлик комитетиниң экспертлери журналистлер менен әмелий тәжирийбелерин бөлисти.
Мағлыўмат ушын, бул семинар быйылғы жылы төрт мәрте өткерилиўи режелестирилген болып, ондағы баслы мақсет журналистлерди усы тараўда материаллар жазыў, халық арасында профилактикалық жумысларды күшейтиўден ибарат. Семинардың май айында болып өткен дәслепки сессиясында да KarInform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков қатнасып қайтқан еди.

Сахибжамал Есемуратова.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында