Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.07.2018 10:13
  • 1965

Тест өткерилетуғын күн, орын ҳәм ўақытты Интернет арқалы билиў мүмкин. Қалайынша?

Тест өткерилетуғын күн, орын ҳәм ўақытты Интернет арқалы билиў мүмкин. Қалайынша?

Быйылғы жылғы жоқары оқыў орынларына қабыллаў ушын тест сынақлары 1-15-август күнлери аралығында өткерилетуғынлығы ҳаққында алдынғы материалларымыз арқалы хабар берген едик.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы Интернет тармағы арқалы тест сынақлары өткерилетуғын күн, орын ҳәм ўақытты билип алыў имканиятын жаратты. Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев Karinform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков пенен сәўбетлесиўинде бул ҳаққында айтып өтти.
Хош, бул қалайынша әмелге асырылады?
Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz сайтында testday.dtm.uz платформасы жаратылды. Бул платформа арқалы жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырған ҳәр бир абитуриент өзиниң жеке паспорт мағлыўматларын киргизиў арқалы өзиниң тапсырған қәнигелиги бойынша қайсы күни, қай жерде ҳәм қай ўақытта тест сынақлары болып өтетуғынлығын билип алыўы мүмкин.
Орай қәнигесиниң билдириўинше, бул әмелиятты усы жылдың 25-июль сәнесинен баслап әмелде қолланыўға болады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz сайтының редакторы.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған