Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.07.2018 13:12
  • 2065

Қәнигелер ҳәм пуқаралар контракт суммасын кемейтиў бойынша орынлы усыныслар билдирмекте. Бирақ, жуўапкер шахслар тым-тырыс…

Қәнигелер ҳәм пуқаралар контракт суммасын кемейтиў бойынша орынлы усыныслар билдирмекте. Бирақ, жуўапкер шахслар тым-тырыс…

2018-2019-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында төлемли-контракт суммасының арттырылыўы (Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясының 2018-жыл 4-июльдағы 2-санлы протоколының қосымшасына муўапық, жаңа оқыў жылынан баслап республикалық жоқары оқыў орынларында тәлим бағдарлары бойынша бир студентти төлемли-контракт тийкарында бир жыллық оқытыў баҳасы 8 миллион 293 мың 500 сумнан 11 миллион 58 мың сумға шекем етип белгиленди) социаллық тармақларда көплеген пикир-таласларға себепши болды, деп жазылған «Маърифат» газетасы сайтында жәрияланған мақалада. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.
Буннан соң Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты ҳәм Телеграм каналында мәселе бойынша түсиник берилди. Түсиникте келтирилиўинше, жоқары оқыў орынларында оқытыў қәрежетлериниң тийкарғы бөлими, яғный 91% и мийнет ҳақы ҳәм стипендия төлемлери ушын сарпланады. Усы тәрептен төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасы республикадағы ең кем мийнет ҳақы муғдарына байланыстырылды. Усы жылдың 15-июлынан баслап республикада мийнет ҳақы ҳәм стипендиялар муғдары 7% ке, 1-сентябрьден жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшыларының айлық мийнет ҳақысы орташа 25% ке арттырылғанлығын бир тәреплеме қаплаў кереклиги, кери жағдайда, оқыў жылының жуўмағына келе жоқары оқыў орынларының бюджетинде жетиспеўшилик бақланыўы да есапқа алынғанлығы атап көрсетилди. Бир студентти оқытыўдың орташа қәрежети 10,5 миллион сумды қурап, төлемли-контракт суммасы орташа 8,7 миллион сум етип белгиленди.
Көпшиликтиң қарсылығына себепши болған тәрепи төлемли-контракт пулының дәраматларға сәйкес келмейтуғынлығы болды. Бирнеше күн алдын Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары Абдурашид Абдуқодиров ҳәм Расул Кушербаев төлемли-контракт пулын кемейтиў бойынша өзине тән усыныс пенен шыққан еди.
- Усынысымызға бола, бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша белгиленген квотадағы 69200 орынның ең жоқары балл топлаған биринши 12% и толық мәмлекетлик грант тийкарында, кейинги 12% и 45% лик төлемли-контракт тийкарында, кейинги 12% и 60% лик төлемли-контракт тийкарында, кейинги 12% и 85% лик төлемли-контракт тийкарында, қалған 52% и болса толық (100%) төлемли-контракт тийкарында оқысын, - дейди депутатлар. – Нәтийжеде он мыңға шамалас студентке төлемли-контракт суммасын төлеўде еки есеге шекем жеңиллик жаратылады, топланған баллға салыстырғанда хошаметлеў күшейеди. Және финансшылар ушын ең әҳмийетлиси, әмелдегиден шама менен 1,8 миллиард сумнан көбирек қаржы келип түседи. Бул қаржы есабынан социаллық қорғаўға мүтәж болған студентлерге жәрдем бериў де мүмкин.
Екиншиден, әмелдеги тәртиптке бола, төлемли-контракт пулы есабынан студентке стипендия төленеди. Егер шәртнама пулы толық төленбеген болса, студентке стипендия берилмейди. Былайынша қарағанда, стипендия студентлерди социаллық жақтан қорғаў ушын белгиленеди. Депутатлар төлем жүгин кемейтиў ушын студентке жаз айларында стипендия бермеўди, усы айлар ушын белгиленген стипендия муғдарындағы сумманы контракт пулынан шегирип таслаўды усыныс етпекте. Сондай-ақ, стипендия әмелдеги ең кем айлық мийнет ҳақы муғдарында төленсе, шәртнама суммасын 1,7 миллион сум ямаса 5,3 миллион сумға шекем қысқартыў имканияты туўылады. Әпиўайыластырып айтқанда, студент ҳәм бермейди, ҳәм алмайды. Бунда мәмлекетлик бюджет ҳеш қандай зыян көрмейди.
Фейсбук социаллық тармағының пайдаланыўшысы Умид Ғафуров Германия, Қытай, Япония ҳәм Өзбекстандағы орташа мийнет ҳақы ҳәм жоқары билим ийелеўдиң бир жыллық баҳасын салыстырады. Мәселен, Қытайда орташа айлық мийнет ҳақы 950 АҚШ доллары болып, жоқары билим алыў ушын жылына 1500 АҚШ доллары төленеди. Елимизде болса орташа айлық 120 АҚШ доллары, төлемли-контракт пулы болса 1055 АҚШ доллары (жаңа баҳа бойынша). Умид Ғафуров жоқары оқыў орынларында толық шәртнама тийкарында оқыўды енгизиў есесине контракт баҳасын еки есеге шекем арзанластырыўды усыныс етпекте. Сондай-ақ, оның пикиринше, дүньядағы абыройлы жоқары оқыў орынларында болғаны сыяқлы, ең үлгили 25 студентке төлемли-контракт пулын қайтып алыў имканияты берилсе, ең умтылыўшаң ҳәм билимли 5 студент сырт елге қәнигелигин арттырыўға жиберилсе, бул билимлендириўдиң сапасының жоқарылаўына хызмет етеди.
- Айрымлар Германия, Япония сыяқлы мәмлекетлердеги тәртип пенен елимиздиң жоқары оқыў орынларындағы төлемли-контракт пулын салыстырыў арқалы бир тәреплеме мүнәсибет билдирмекте, - дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Расул Кушербаев. – Себеби, Японияда шәртнама пулы орташа айлық мийнет ҳақы муғдарына жақын болса да, студентлерге стипендия дерлик төленбейди. Елимизде шәртнама пулының 3,5-7 миллион сумы стипендия формасында студентлерге қайтарып берилиўин есапқа алыў керек. Егер бизлерде де стипендия төленбейтуғын болса, шәртнама пулы 1,5-2 миллион сумнан артпайды. Бул орташа айлық мийнет ҳақыдан оншелли үлкен парққа ийе болмайды. Және соны да есапқа алыў керек, ҳәр жылы төлемли шәртнама тийкарында студентликке усыныс етилгенлердиң 90-95% и оқыўды даўам еттиреди ҳәм оқыў жылы даўамында 0,5% ке шекем студент пулды төлей алмағаны ушын оқыўдан шетлетиледи.
Социаллық тармақлардағы пикир-таласларға тийкарланып соны айтыў мүмкин, жоқары оқыў орнында оқыўдың пуқаралардың мәплерине хызмет ететуғын, материаллық имканиятларына сәйкес келетуғын тәртиплерин ислеп шығыўды дәўирдиң өзи талап етпекте. Бул бойынша қәнигелер ҳәм белсенди пуқаралар тәрепинен орынлы усыныслар билдирилмекте. Бирақ, жуўапкер шахслар не ушын тым-тырыс...

Аўдармалаған: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы