2018-жылдың 16-июль сәнесинде Нөкис қаласында жайласқан И.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейиндеги картинаның зыянланғаны ҳаққында интернет сайтларында жәрияланған еди. Биз усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласы прокурорының орынбасары Учқун Қўшбоқов пенен сәўбетлестик:
- Музейдиң 2-блок 3-қабатындағы «Орыс авангарды» бөлиминде сақланып атырған 1914-жылы орыс художниги А.В.Шевченко тәрепинен салынған «Шелек көтерген ҳаял» картинасына өрт қәўипсизлиги ўақтында суў пүркеўши сплинктан суўдың ағыўы нәтийжесинде картинаға зыян жеткизилген. Музейдеги басқа картиналарға зыян жеткизилмеген.
Бул картинаның баҳасы менен қызығып атырғанлар көпшилик. Бирақ, бүгинги күнге шекем оның баҳасы шығарылмаған. Ҳәзирде қалалық прокуратура тәрепинен тергеўге шекемши тексериў ислери даўам еттирилмекте.
- Усы картинаның баҳасын ҳәм картинаға жеркизилген зыянның себеплерин анықлаў мақсетинде экспертиза ҳәм тексериў ислери әмелге асырылмақта, - деди ол биз бенен сәўбетте.
Картинаның зыянланғаны ҳаққында музей директоры Г.Изентаева 2018-жылдың 19-июль сәнесинде Өзбекстан Республикасы Мәденият министри Б.Сайфуллаевқа жазба түрде хабар берген. Бирақ, ҳуқық қорғаў органларына бул ҳаққында билдирмеген.
«Шелек көтерген ҳаял» картинасының толық қәйта тиклениўи ушын тәжирийбели қәнигелерди тартыўды мақул көрип отырмыз. Москвадағы Пушкин атындағы мәмлекетлик сүўретшилик музейинен реставраторларды шақырыўды режелестирип атырмыз, деген еди музей директоры Гүлбәҳәр Изентаева daryo.uzға берген хабарында.
Ҳәзирде картина музейдиң сақлаў фондына ўақтынша тапсырылған.
Мағлыўмат ушын, музейдиң заманагөй коллекциясында 90 000 нан аслам экспонатлар бар. Онда орыс авангарды, өзбекстанлы ҳәм қарақалпақстанлы художниклердиң картиналары орын алған.
«Шелек көтерген ҳаял» картинасыСахибжамал Есемуратова