
Адамзат тарийхындағы ең жақсы романлар рейтинги дүзилди. The Daily Telegraph басылымы тәрепинен дүзилген рейтингде әдебий сыншылардың пикирлери есапқа алынған.
Рейтингниң биринши орнына англиялы жазыўшы Жорж Элиот (1819-1891, тийкарғы аты Мэри Энн Эванс)тың «Миддлмарч» романы мүнәсип көрилди. Екинши орын америкалы Герман Мелвилл (1819-1891)дың «Моби Дик» романына несип етти. Үшинши орынды болса орыс жазыўшысы Лев Толстой (1828-1910)дың «Анна Каренина» романы ийеледи. Төртинши ҳәм бесинши орынлардан Генри Жеймс (1843-1916)тың «Ҳаял портрети» ҳәм Жозеф Конрад (1857-1924)тың «Қараңғылық қәлби» романлары орын алды.
Сахибжамал Есемуратова