Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.07.2018 10:39
  • 1721

Қандай жағдайларда абитуриент тест сынақларынан шетлетиледи? (толық мағлыўмат)

Қандай жағдайларда абитуриент тест сынақларынан шетлетиледи? (толық мағлыўмат)

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги 261-санлы қарарының 1-қосымшасы – Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға қабыллаў ушын кириў тест сынақларын өткериў тәртиби ҳаққындағы Режеге муўапық, төмендеги жағдайларда абитуриент тест сынақларынан шетлетиледи ҳәм нәтийжелериниң шығарылмаўына тийкар болады:

- тест сынақлары өткерилетуғын аймаққа ямаса имаратқа кириўде микрокалькулятор, сөзлик, китап, уялы телефон, компьютер, телекоммуникациялық үскенелер ҳәм басқа қураллар, шпаргалкалар алып кириўге ҳәрекет етсе, алып кирген болса ямаса олардан тест сынақлары даўамында пайдаланса;

- тест материалларын басқа абитуриентке узатса ямаса оларға жәрдем берсе;

- тест материалларын имараттан сыртқа алып шықса, тест сораўлары китабының бетин жыртса;

- тест сынақлары ушын ажыратылған ўақыт жуўмақланғаннан соң тест материалларын тапсырыўдан бас тартса;

- тест сынақлары ўақтында видеобақлаўлар арқалы абитуриенттиң тәртип ҳәм қағыйдаларға әмел етпегенлиги анықланса.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...