
Дүньядағы ең жасы үлкен ҳаял есапланған япониялы Тие Мияко 117 жасында дүньядан өтти, деп хабар берди «Guinness World Records». Мияко усы жылдың 22-июль сәнесинде дүньдан көз жумған. Ол 1901-жылы 2-майда Японияның Вакаяма префектурасында туўылған ҳәм 117 жыл 81 күн жасаған. Бул ҳаял ең жасы үлкен адам сыпатында рәсмий түрде тән алынған. Ол жүдә сабырлы болған ҳәм мазалы тағамларды әсиресе, сушиди жақсы көрген.
Сахибжамал Есемуратова