Қарақалпақстан Республикасының узақ тарийхқа ийе болған компанияларының бири «Қарақалпақбоян» АЖ өз акцияларының 30% ин 3 миллиард сумға сатпақта. Бул ҳаққында Spot басылымына тийкарланып Daryo.uz сайты хабар бермекте.
«Қарақалпақбоян» Нөкисте боян тамырын ислеп шығарады. 1963-жылы шөлкемлестирилген. Кәрхана 16 мың гектарлық аўыл хожалық жерлерине ийелик етеди.
«Қарақалпақбоян» АЖ 2 мың тонна прессленген ҳәм 200 тонна 12% ығаллықтағы сайлап алынған боян тамырын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Кәрхана өз өнимлерин Россия ҳәм басқа мәмлекетлерге экспорт етеди.
«Қарақалпақбоян» 1998-жылдан берли акционерлик жәмийети болып табылады. Компания акционерлериниң 75% и – Өзбекстандағы физикалық шахслар, 25% и – қытайлы инвесторлар болып табылады.
Таярлаған: Мийирбек Ешниязов.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz