Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.07.2018 14:09
  • 1815

«ДТМ руқсатнамасы»н тест күнинен 2 күн алдын алыўға болады (ма?)

«ДТМ руқсатнамасы»н тест күнинен 2 күн алдын алыўға болады (ма?)

Ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиев Телеграм тармағындағы өзиниң жеке каналында «Егер «ДТМ руқсатнамасы» 29-31-июль күнлери аралығында тарқатылса, Ташкент қаласына ўәлаяттан келип ҳүжжет тапсырған абитуриент руқсатнаманы алса, бирақ оның тапсырған қәнигелиги бойынша тест сынақлары 14-август күни болып өтетуғын болып қалса, абитуриент не ислеўи керек?» мазмунындағы сораў менен арнаўлы орынларға мүрәжат еткен еди.
Ҳуқықтаныўшы бул мәселеге алдынырақ Мәмлекетлик тест орайының директоры Мажит Каримов тәрепинен анықлық киргизилгенин жәриялады.
- «ДТМ руқсатнамасы» жоқары оқыў орынлары тәрепинен бериледи. Биз барлық мағлыўматларды киргизип PDF форматында электрон тәризде усынамыз, олар буны басып шығарып, абитуриентлерге тарқатады. Тарқатыў тәртиби 29-30-31-июль күнлерине белгиленген. Руқсатнамаларды тест болып өтетуғын павильонлардың алдында тарқатыў режелестирилген. Улыўма алғанда «ДТМ руқсатнамасы»н тест күнине 2 күн қалғанға шекем алыўға да болады, машқала жоқ, - деп айтып өткен Мажит Каримов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...