Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.07.2018 14:35
  • 1624

Нөкис қаласындағы жөнелисли автобусларға электрон төлеў ҳәм GPS системасы орнатылады

Нөкис қаласындағы жөнелисли автобусларға электрон төлеў ҳәм GPS системасы орнатылады

«Өзавтотранс» агентлигиниң баслығы Даврон Деҳқонов 2018-жылдың январь-июнь айларындағы исленген жумыслардың жуўмақларына бағышланған баспасөз конференциясында Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаятлардың орайларындағы 3500 автобусқа электрон төлеў ҳәм GPS системаларының орнатылыўы ҳаққында айтып өткен. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.
Бул ҳәр тәреплеме пайдалы болады. Себеби, электрон төлеў арқалы нақ пул жетиспеўшилиги, пуллардың банк арқалы айланбаўы сыяқлы машқалалар бираз болса да шешиледи. Ал GPS системасы арқалы автобуслардың жөнелис даўамындағы ҳәрекети қадағаланады. Бирақ, мәселениң және бир тәрепи бар. Ол да ҳәммемизге белгили машқала – Нөкис қаласында жөнелисли автобуслардың оғада аз екенлиги, еле де анықлаў етип айтқанда, дерлик жоқ екенлиги. Бәлким, бул системалар енгизилгеннен кейин көбейип қалар... Күтемиз.
Сондай-ақ, жәмийетлик автотранспортлардың жөнелислерде ислеўин қадағалаў мақсетинде «Бирден-бир диспетчерлик орайы системасы»н енгизиў бойынша илажлар көрилмекте.
Бул жойбар шеңберинде 5 миллиард сумм қаржы өзлестирилиўи режелестирилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған