Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.07.2018 12:35
  • 1766

Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынларында тест сынақлары қашан болып өтеди?

Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынларында тест сынақлары қашан болып өтеди?

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Музаффар Абдуллаевтың мағлыўмат бериўинше, Қарақалпақстан Республикасындағы 6 жоқары оқыў орнына 2018-2019-оқыў жылына қабыллаў ушын тест сынақлары төмендеги сәнелерде болып өтеди:

1-2-август күнлери – Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы;

2-август күни – Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы;

2-8-август күнлери – Қарақалпақ мәмлекетлик университети;

8-11-август күнлери – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты;

11-август күни – Ташкент мәмлекетлик информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы.

Еслетип өтемиз, быйылғы тест сынақлары Нөкис қаласындағы еки орында:
1. Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт тәжирийбе мектеби (4 имарат, 28 топар, 840 орын);
2. Нөкис олимпия резервлери колледжи (2 имарат, 28 топар, 840 орын)нде болып өтеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған