Telegram karinform

Экономика

  • 31.07.2018 10:25
  • 1874

Өзбекстанда не ушын автомобильлердиң баҳасы көтерилди?

Өзбекстанда не ушын автомобильлердиң баҳасы көтерилди?

Халықаралық Пресс клубтың гезектеги сессиясында қатнасқан «Өзавтосанаат» басқарыў директоры Шавкат Умурзақовтың мәлим етиўинше, баҳаның көтерилиўине себепши болған баслы машқалалар Асака қаласындағы автомобиль заводы менен байланыслы болған. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
- Шынында да, машқалалар көп. Олардың шешимин табыў ушын ўақыт керек. Монополизация сөзинен узақласыў керек. GM Uzbekistan тәрепинен Өзбекстанның базары ушын ислеп шығарылып атырған автомобильлер баҳасының көтерилиўи тек ғана монополия менен байланыслы емес. Бул жерде көплеген тәреплер бар. Биз баҳалардың не ушын көтерилип атырғанының себебин халыққа жеткериўимиз керек.
Асака заводы товар айланысымыздың дерлик 90% ин қурайды. Бул завод жылына 290 мың автомобиль ислеп шығарыўы мүмкин, бирақ мен келгенимде бул160-170 мыңды қураған. Қуўатлылығы дерлик 50% ке ислеген завод ислеп шығарып атырған өнимниң өзине түсер баҳасы жоқары болады, өзин ақламайды. Бул пуқаралар, қарыйдарлардың қалтасына түседи. Сырт еллерге экспорт етиў потенциалын улыўма жоққа шығарады. Ҳәзирги ўақытта экспорт етиўимиз ушын автомобильлердиң өзине түсер баҳасын 30% ке түсириўимиз керек. Буған көп себеплер бар. Тийкарғы экспорт етилетуғын мәмлекет – Россия. Россияда санкция киргизбеген барлық мәмлекетлердиң брэндлери бар. Олар өз базарын сақлаў ушын да ҳәр қыйлы тосықлар қойып атыр.
Биз не иследик? Машиналардың аўысық бөлеклери баҳасын 20% ке шекем түсириў ҳаққында келисип алдық. Буны басқышпа-басқыш ислеймиз. Себеби, буларға бирден 30% ке түсир, деп айтып болмайды. Олар кредитке батып қалған шөлкемлер, бул оларды улыўма жоқ етип жибереди ҳәм автомобильлер шықпай қалып, буннан да жаман жетиспеўшилик жүзеге келеди. Буны дурыс түсиниў керек. Бул жағдай аўысық бөлекке түседи, аўысық бөлек заводқа барады, ақыры буған қарыйдар төлейди. Бул да қымбатлаўдың себеплериниң бири есапланады.
Сол себепли,биз жылдың ақырына шекем аўысық бөлеклердиң баҳасын 20% ке шекем түсиремиз. Бул автомашинаның өндирислик баҳасының 9% ке түсиўине себепши болады. Сондай-ақ, автомобиль ислеп шығарыў көлемин 220 мыңға, яғный жылдың ақырына шекем қосымша 140 мың машина ислеп шығарыўды режелестирип атырмыз.
Мен ўәде беремен: ҳеш ким алдымызға қойылған бул мақсетке тосқынлық етип, кесент етпейди. Яғный, бизге аўысық бөлеклерди өз ўақтында жеткерип береди, биз машиналарды өз ўақтында ислеп шығарып халыққа жеткеремиз. Жасалма жетиспеўшилик сапластырылғаннан соң, автомашиналарға болған талапты қанаатландыра аламыз. Өзине түсер баҳаны да усы усыл жәрдеминде түсириўге ҳәрекет етемиз, - деди ол.
Еслетип өтемиз, алдын 1-августтан баслап Өзбекстанда автомобильлер баҳасының 14% ке көтерилиўи ҳаққында хабар берген едик.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...