Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.07.2018 13:58
  • 1966

НМПИда үш қәнигелик бойынша абитуриентлер дөретиўшилик имтиханлары арқалы студентликке қабыл етиледи. Дөретиўшилик имтиханлары қашан өткериледи?

НМПИда үш қәнигелик бойынша абитуриентлер дөретиўшилик имтиханлары арқалы студентликке қабыл етиледи. Дөретиўшилик имтиханлары қашан өткериледи?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги «Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында»ғы 261-санлы қарарының 3-қосымшасына муўапық, бакалавриатқа тест сынақларысыз, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар арқалы оқыўға қабыллаў бойынша тәлим бағдарларының дизими тастыйықланды.
Усы ҳүжжетке муўапық, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2018-2019-оқыў жылы ушын сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы, музыкалық тәлим ҳәм дене мәденияты (ҳаял-қызлар спорты тәлим бағдары да усының ишинде) тәлим бағдарларына студентлерди қабыллаў кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары арқалы әмелге асырылмақта.
Усы атап өтилген тәлим бағдарларының тек ғана күндизги емес, арнаўлы сыртқы бөлим формасында да абитуриентлер студентликке кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары арқалы қабылланбақта.

Хош, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар қашан ҳәм қай жерде өткериледи?

Күндизги билимлендириў

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының өзбек топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 31-июль – 5-август күнлери аралығында НМПИ бас бинасында;

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының қарақалпақ топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 30-июль – 5-август күнлери аралығында НМПИ бас бинасында;

Музыкалық тәлим бағдарының өзбек топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 7-8-август күнлери аралығында НМПИ бас бинасында;

Музыкалық тәлим бағдарының қарақалпақ топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 2-4-август күнлери аралығында ҳәм 6-август күни НМПИ бас бинасында;

Дене мәденияты бағдарының өзбек топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 31-июль – 5-август күнлери аралығында «Туран» стадионында;

Дене мәденияты бағдарының қарақалпақ топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 28-30-июль ҳәм 3-5-август күнлери аралығында «Туран» стадионында;

Дене мәденияты бағдарының рус топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 3-5-август күнлери аралығында «Туран» стадионында;

Ҳаял-қызлар спорты бағдарының өзбек топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 3-5-август күнлери аралығында «Туран» стадионында;

Ҳаял-қызлар спорты бағдарының қарақалпақ топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 6-8-август күнлери аралығында«Туран» стадионында;

Арнаўлы сыртқы бөлим

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының өзбек топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 25-28-июль ҳәм 6-8-август күнлери аралығында НМПИ бас бинасында;

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының қарақалпақ топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 25-28-июль күнлери аралығында НМПИ бас бинасында;

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының рус топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 25-26-июль күнлери аралығында НМПИ бас бинасында;

Музыкалық тәлим бағдарының өзбек топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 30-31-июль күнлери аралығында НМПИ бас бинасында;

Музыкалық тәлим бағдарының қарақалпақ топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 26-28-июль күнлери аралығында НМПИ бас бинасында;

Музыкалық тәлим бағдарының рус топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 1-август күни НМПИ бас бинасында;

Дене мәденияты бағдарының өзбек топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 25-27-июль күнлери аралығында «Туран» стадионында;

Дене мәденияты бағдарының қарақалпақ топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 25-27-июль күнлери аралығында «Туран» стадионында;

Дене мәденияты бағдарының рус топары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары 25-27-июль күнлери аралығында «Туран» стадионында өткерилди ҳәм алдағы көрсетилген ўақытлары өткерилиўи режелестирилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған