Өзбекстанда «Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойылды.
Нызамға муўапық, мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, мәмлекетлик бажыхана комитети, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти экстремизмге қарсы гүресиў бойынша искерликти әмелге асырыўшы органлар болып табылады.
Нызамда экстремистлик искерликти әмелге асырыўға жол қоймаў ҳаққында рәсмий ескертиў ямаса усыныснама киргизиў, экстремистлик материалларды қадаған етиў ҳәм тағы да басқа илажлар экстремизмниң алдын алыўға байланыслы илажлар сыпатында нәзерде тутыталады.
Шахслар экстремистлик искерликти әмелге асырғаны ушын жуўапкер болады. Шахс экстремистлик искерликте қатнасыўды өз қәлеўи менен бийкарлаған, экстремистлердиң мақсетлерин әмелге асырылыўының алдын алыўда белсене жәрдемлескен жағдайда, нызам ҳүжжетлерине муўапық, жуўапкершиликтен азат етиледи. Соның менен бирге, шөлкемлер экстремистлик искерликти әмелге асырғаны ушын жаўып тасланады, олардың искерлиги қадаған етиледи.