Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.08.2018 11:15
  • 1626

Аўыл хожалығында жаңа инновациялық жойбар ойлап табылды

Аўыл хожалығында жаңа инновациялық жойбар ойлап табылды

Қанлыкөл районы мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў Бағдарламасы ҳәм Ийкемлесиў фонды менен биргеликте әмелге асырылып атырған «Өзбекстанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында климатлық турақлылықты тәмийинлеў» жойбары шеңберинде семинар болып өтти, деп хабар берди Kanews.uz.
Семинарда жаңа инновациялық жойбардың аўыл хожалығына тийгизетуғын унамлы ҳәм утымлы тәреплерин түсиндирип өтти. Инновациялық жойбарда, химиялық жол менен таярланған аўыл хожалығы ушын керекли болған гидрогель туўралы түсиниклер берилди. Гидрегельди пайдаланыў ушын өсип турған өсимлик тамыры менен алынып, оған гидрогель сиңдириледи ҳәм қайтадан егиледи. Егилгеннен соң өсимликтиң тамырындағы гидрогель жер қурамындағы суўды өзине сиңирип, өсимликти витамин ҳәмде керекли азықлықлар менен тәийинлеў қәсийетине ийе. 1 грамм гидрогель, 10 литрге шекем суўды сиңирип алады. Бул жойбар суў машқала болып атырған регионлар ушын оғада пайдалы есапланады.

Аўыл хожалығында жаңа инновациялық жойбар ойлап табылды

Бул жойбар Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў Бағдарламасы офисиниң турақлылықты раўажландырыў бөлими, экономикалық эффективлиликти, тәбийий ҳәм экологиялық системаларды бир қәлипке келтириў, мәдений ҳәм социаллық турақлылықты сақлаўды тәмийинлеўге көмеклесиў мақсетинде миллий ҳәм халықаралық шериклер менен бирге әмелге асырылмақта. Жойбар тийкарынан орайлық ҳәм жергиликли мәмлекетлик мәкемелерге жәрдем берип, өсимлик өсириў ҳәм шарўашылық пенен шуғылланыўшы фермер хожалықларының ийкемлесиўине көмеклеседи.
Семинарға районлық фермер ҳәм дийқан хожалықлары баслықлары қатнасты. Жаңа жойбар бойынша бир қатар түсиниклерге ийе болғаннан соң өз пикирлерин ҳәм сораўларын берип, оларға жуўаплар алды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған