Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.08.2018 09:56
  • 1611

«Қумбыз аўыл» МПЖда халық пенен ушырасыў болып өтти

«Қумбыз аўыл» МПЖда халық пенен ушырасыў болып өтти

Президентимиздиң 2017-жыл 8-августтағы «Аймақлардың жедел социал-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде халықтың социал-экономикалық талапларынан келип шыққан ҳалда, аймақ турғынларының жасаў жағдайын жақсылаў ҳәм усы бағдардағы әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар орынларда жедел пәт пенен даўам етпекте.
Жақында Нөкис қаласы 4-секторға қараслы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында барлық сектор басшылары қатнасыўында халық пенен ушырасыў болып өтти, деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы бас инспекторы Д.Айымбетова.
Ушырасыўда сектор басшылары «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында болып, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлап, анықланған кемшилик ҳәм машқалаларға сол жердиң өзинде шешимин таўып, қалған мүрәжатлар бойынша тийисли шөлкем ўәкиллерине тапсырмалар берди.
Пуқаралардан келип түскен мүрәжатлардың көпшилиги электр энергиясы тәмийнати, таза ишимлик суўы, бәнтлик ҳәм исбилерменликке байланыслы мәселелер болды.

«Қумбыз аўыл» МПЖда халық пенен ушырасыў болып өтти

-Жеңиллетилген төрт процентли кредит алып, Хожели районында жайласқан фермаға нәсилли мал алыў ушын пул өткергенмен, бирақ, ферма тәрепинен усы кунге шекем нәсилли мал берилмей атыр, - дейди «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Б.Қулымбетов. Бул мәселе бойынша
4-секторға жазба түрде мүрәжат еттим. Нөкис қаласы Мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы А.Абсаттаров мениң мүрәжатыма байланыслы 3 күн ишинде нәсилли малларды жеткерип бериўге ўәде етти.

«Қумбыз аўыл» МПЖда халық пенен ушырасыў болып өтти

Ҳақыйқатында да, пуқаралардың машқалаларын тыңлаў ҳәм оларға сол жердиң өзинде шешимин табыў сектор басшыларының баслы мақсетлериниң бири болып табылады. Өйткени, Президентимиз атап өткениндей, «Инсанлардың дәрт ҳәм тәшўишлерин ойлап жасаў – инсаныйлықтың ең уллы белгисидур».
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында