Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.08.2018 13:14
  • 1799

НМПИдиң магистратура бөлимине 14 қәнигелик бойынша қабыллаў болып өтти. Неше студент ҳүжжет тапсырды?

НМПИдиң магистратура бөлимине 14 қәнигелик бойынша қабыллаў болып өтти. Неше студент ҳүжжет тапсырды?

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының магистратура бөлиминде 2018-2019-оқыў жылы ушын жәми 14 қәнигелик бойынша студентлерден ҳүжжетлер қабылланды. Қабыллаў жуўмақларына муўапық, жәми 138 студенттен арза ҳәм ҳүжжетлер келип түскен.
2018-2019-оқыў жылы ушын жәми 58 магистрант қабыллаў режелестирилген болып, олардың 14 и мәмлекетлик грант, 44 и төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

Бул ҳаққындағы толық мағлыўматлар төмендеги кестеде келтирилген.
 

Қәнигеликлер шифры ҳәм атамасы

Жәми қабыллаў квотасы

Мәмлекетлик грант

Төлемли контракт

Келип түскен арзалар саны

1

5А110101 – Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (математика)

4

1

3

15

2

5А110201 – Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (физика ҳәм астрономия)

4

1

3

13

3

5А110401 – Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (биология)

4

1

3

10

4

5А110601 – Социаллық-гуманитар пәнлерди оқытыў методикасы (тарийх)

4

1

3

9

5

5А110701 – Билимлендириўде информациялық технологиялар

4

1

3

6

6

5А110901 – Педагогика тарийхы ҳәм теориясы (хызмет түрлери бойынша)

4

1

3

11

7

5А110902 – Педагогика ҳәм психология

4

1

3

6

8

5А111201- Өзбек тили ҳәм әдебияты

6

1

5

9

9

5А111301 – Ана тили ҳәм әдебияты (рус тили ҳәм әдебияты)

4

1

3

9

10

5А111301 – Ана тили ҳәм әдебияты (қарақалпақ тили ҳәм әдебияты)

4

1

3

13

11

5А111601 – Социаллық-гуманитар пәнлерди оқытыў методикасы (руўхыйлық тийкарлары)

4

1

3

11

12

5А111701 – Тәрбия ҳәм оқытыўдың методикасы ҳәм теориясы (баслаўыш тәлим)

4

1

3

10

13

5А110903 – Билимлендириў процесин басқарыў

4

1

3

10

14

5А111801 – Тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (мектепке шекемги тәлим)

4

1

3

6

ЖӘМИ:

58

14

44

138



Еслетип өтемиз, 2018-2019-оқыў жылы ушын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының магистратура бөлиминде жаңадан 6 қәнигелик – 5А110101 – Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (математика), 5А110201 – Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (физика ҳәм астрономия), 5А111301 – Ана тили ҳәм әдебияты (рус тили ҳәм әдебияты), 5А111301 – Ана тили ҳәм әдебияты (қарақалпақ тили ҳәм әдебияты), 5А110903 – Билимлендириў процесин басқарыў ҳәм 5А111801 – Тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (мектепке шекемги тәлим) қәнигеликлери ашылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған