
Студентлик — алтын дәўир! Усы алтын дәўир бахтына миясар болыў мыңлаған жаслардың арзыў әрманы. Быйылғы жылдың 12-июль сәнесинде Гүлназ Ибраимова ата-анасының исенимин ақлап, И.М.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университетиниң Ташкент филиалының экономика факультетине 283 ең жоқары балл менен 1-болып грант тийкарында оқыўға кириўге миясар болды, деп хабар берди http://erkinkarakalpak.uz сайты.
Қарақалпақстанның барлық районларынан бул университетке жоқары балл менен грант тийкарында оқыўға киргенлер көпшиликти қурайды. Гүлназ университет бойынша барлық факультетлер ишинде ең жоқары балл топлаған болса, екинши балл көрсеткишин де 281 балл менен қарақалпақстанлы Арысланбек Сапарбаев ийелеген.
Гүлназ пайтахтымыздағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыған, оннан соң Қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы академиялық лицейдиң математика-инглис тили бағдары бойынша анық пәнлер топарында билим алған.
Г.Ибраимова жетискенликлериниң тийкары биринши гезекте өзиниң әкеси, соң устазлары екенин айрықша ҳүрмет пенен тилге алады. Әсиресе, мектептеги, лицейдеги барлық муғаллимлерине, соның ишинде қәнигелик пәнлерди өзлестириўде хызметлери айрықша болған Зарафшан Әбдирашидова менен Арзайым Бердихановаға шексиз миннетдар.
Сахибжамал Есемуратова


