
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында Германия Федеративлик Республикасы «Дойче Велле» Академиясының Орайлық Азия мәмлекетлеринде билимлендириў жойбары бойынша менеджери Лидии Ранерт ҳәм Ғалаба хабар қураллары бойынша тренери Виктор Рудник елимиздиң ҒХҚ ўәкиллери менен ушырасыў өткерди. Онда Лидии Ранерт ҳәм Виктор Рудник шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей, өзиниң көплеген тамашагөйлери менен тыңлаўшыларына ийе болған «Дойче Велле» (Немис толқыны) Немис халықаралық телерадиокомпаниясы 1953-жылдан баслап өз жумысын алып бармақта. Телерадиокомпанияда 60 қа шамалас елден 3 мыңға жақын адам жумыс ислейди.
Статистикалық мағлыўматларға қарағанда бүгинги күнде дүнья жүзи бойынша Дойче Веллениң аудиториясы 150 миллион адамды курайды. Ол теле ҳәм радио узатыўдан тысқары 30 тилдеги сайтларды, Facebook, \"В контакте\", Twitter социаллық тармақларында платформаларды, YouTube каналын ҳәм Disqus комментарий (түсиник бериў) лер сервисин басқарып барады.

Әҳмийетлиси, Академия ғәрезсиз ҳәм ашық-айдын ислейтуғын медиасистемаларды, журналистлик искерликти және медиа компетенцияларды қоллап куўатлайды. Академияда «Дойче Велле»ниң болажақ жас журналист кадрлары таярланады, сондай-ақ, сырт елли журналистлер ушын арнаўлы билимлендириў ҳәм тренинг бағдарламалары усынылады.
Бүгинги ушырасыўдан гөзленген тийкарғы мақсет әне, усы бағдарларда бирге ислесиў болып, мийманлар елимизде ҳәрекет етип турған телевидение, радио, баспасөз ҳәм интернет басылымларының жумыс ислеў процеси менен қызықсынып, олардың редакторлары менен еркин пикирлесиў өткерди.
Илаж соңында келесиде усыныс етилген темалар бойынша семинар-тренинг өткериў бойынша келисип алынды.
Күнниң екинши ярымында мийманлар Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясында, сондай-ақ, «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталарының редакциясында болып, ол жердеги жаратылған шараятлар ҳәм журналистлер менен жақыннан танысты.

Сахибжамал Есемуратова


