
8-август жоқары оқыў орынларына қабыллаў ушын өткерилип атырған тест сынақларының 1-сменасы басланды. Тест сынақлары барлық билимлендириў орынларында бир ўақытта 8:00 ден басланды. Оған 13 жоқары оқыў орнының 23 тәлим жөнелиси бойынша 29 207 абитуриент қатнасып атыр.
Оған 895 абитуриент ҳәр түрли себеплерге бола, тест сынақларына келмеген.
Тест сынақлары тәртип-қағыйдаларын бузғанлығы ушын 48 абитуриент аймаққа кириў орнында қол телефоны, шпаргалкалар алып кириўге урынғаны ушын тест сынақларынан шетлетилди.
Тест сынақларының нәтийжелери 9-август күни күнниң екинши ярымында жәрияланады.
Сахибжамал Есемуратова


