Telegram karinform

Экономика

  • 13.08.2018 11:32
  • 2073

Өзбекстанды Каспий теңизине алып шығатуғын жолдың Қазақстандағы бөлими пайдаланыўға тапсырылды

Өзбекстанды Каспий теңизине алып шығатуғын жолдың Қазақстандағы бөлими пайдаланыўға тапсырылды

Усы жылдың 11-август күни Қазақстан Республикасы Президенти Қурық портындағы транспорт узелин таныстырыўға бағышланған илаж шеңберинде шөлкемлестирилген телекөпир ўақтында «Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» жолының биринши гезегин ашыўға руқсат берди, деп жазады Egemen.kz сайты.
Телекөпир барысында «ҚазАвтоЖол» компаниясы баслығы Ермек Қизатов «Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» жолының биринши гезегиниң иске қосылыўға тайын екенлигин билдирди.
Компания баслығының билдириўинше, «Нурлы жол» бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде «Бейнеў – Ақжигит» автомобиль жолын қурыў жумыслары даўам етпекте. Бул жол Қурық порты арқалы транзит муғдарын арттырып, транскаспий жолының Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияның басқа еллери менен байланысын тәмийинлейди. Жолдың өткериў мүмкиншилиги суткасына ҳәзирги 1 мыңнан 7 мың автомобильге жетеди. Соның менен бирге, Қазақстан – Өзбекстан шегарасындағы «Тәжен» шегара постын модернизациялаў жумыслары алып барылмақта. Нәтийжеде автомобиль өткериў муғдары еки есеге артады.
Қазақстан Республикасы Президенти Н.Назарбаев жолдың биринши гезегин ашыўға руқсат берди ҳәм төмендеги пикирлерди билдирип өтти:
- Бул жол Өзбекстанды Қазақстан менен байланыстырып, Өзбекстанның транзит өнимлерин Каспий теңизине алып келиўге ҳәм елимиз портларының жумысларын жеделлестириўге тийкар жаратады, - деди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

    Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди. Егер адам тойғанын сезгеннен кейин

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...

Азанғы ҳәлсизликтиң себеби не?

Азанғы ҳәлсизликтиң себеби не?

    Бас айланыўы Бас айланыўы ҳәм кеўил айныўы спиртли ишимликлер, қант муғдарының пәсейиўи ҳәм суўсызланыў тәсиринде