Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.08.2018 11:57
  • 1628

Қарақалпақстанда тест жуўмақлары: Неше абитуриент қатнасты? Нешеўи шетлетилди?

Қарақалпақстанда тест жуўмақлары: Неше абитуриент қатнасты? Нешеўи шетлетилди?

Усы жылдың 11-август күни Қарақалпақстан Республикасындағы 6 жоқары оқыў орнында бакалавр (күндизги) бағдары бойынша барлық тәлим бағдарларында тест сынақлары толық жуўмақланды.
Быйылғы жылы Қарақалпақстандағы 6 жоқары оқыў орнына жәми 39 393 абитуриент ҳүжжет тапсырды. Солардан жәми 36 091 абитуриенттиң тест сынақларында қатнасыўы (қалғанлары кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар арқалы оқыўға қабыл етилиўи) белгиленген еди.
Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими баслығы Музаффар Абдуллаевтың Karinform.uz сайтының редакторы Ислам Матековқа мәлим етиўинше, 1-11-август күнлери аралығында жәми 365 абитуриент тест сынақларына келмеген.
10 абитуриент тест өткерилетуғын орынға кириў ўақтында, тест процеси даўамында уялы телефон ҳәм шпаргалкалар алып кириў ямаса пайдаланыў, басқа абитуриентлердиң орнына кириўге ҳәрекет еткенлиги ушын тест процесинен шетлетилген.
Еслетип өтемиз, быйылғы жылы Өзбекстан көлеминде тест сынақларын 1-15-август күнлери аралығында өткериў жобаластырылған болып, Қарақалпақстанда тест процеси усы мүддеттен алдын жуўмақланатуғынлығы ҳаққында хабар берилген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз