
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының сыртқы бөлимине ҳүжжет тапсырған абитуриентлерге бүгин – 15-август күни тестке кириў рухсатнамалары институт бас бинасында (бурынғы Нөкис гидромелиорация ҳәм суў хожалығы колледжи) тарқатылмақта.
Институт қабыллаў комиссиясының берген мағлыўматына қарағанда, сыртқы бөлимниң тест сынақлары 17-18-19-август күнлери болып өтиўи жобаластырылған.
Еслетип өтемиз, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2018-2019-оқыў жылы ушын сыртқы бөлимге жәми 275 студент – соннан 140 студент қарақалпақ тили топары, 135 студент өзбек тили топарларына төлемли контракт тийкарында қабыл етиледи.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


