Дүнья жүзинде ең сулыў ҳәм туризмниң раўажланған Париж қаласы менен келешекте бәсикилесе алатуғын бир қала бар, ол да болса Нөкис қаласы деп айта аламыз, деп жазады Өзбекстан архитекторлар аўқамының ағзасы Жумабай Шнекеев «Еркин Қарақалпақстан» газетасында.
Буған тийкар ҳәр бир қаланың бас планының архитектуралық жойбарлаў шешиминде қаланың ықлымын турақлы түрде жақсылаў ушын дәрья яки үлкен каналлар әтирапында жайласыўы зәрүр. Парижде Сена дәрьясы, Бухарестде Дунай дәрьясы, Ташкентте ени орташа 12 м. «Анхор» жап болса, Нөкисте Әмудәрья ҳәм ени 50 метрден аслам болған «Каттағар», «Дослық» каналы бар екени ҳәммеге мәлим. Буннан тысқары архитектуралық шешим бойынша қаланың ишки ҳаўа циркуляциясы жақсы айланыста болыўын тәмийинлеў мақсетинде жергиликли ықлымның самал бағыты бо¬йынша паралель ҳәм перпендекуляр кең магистрал көшелерге ҳәм бир неше парк майданшаларына ийе болыўы керек. Бундай шешим 1933-жылы Нөкис қаласы 11 мың адам саны менен Қарақалпақстан пайтахтына айланғаннан кейин, Санкт-Петербурглы архитектор С.О. Овсянников басшылығында 15 мың адамға мөлшерленип жойбары реже¬лес-тирилген болса, ҳәзирги ўақытта қала хал¬қының саны 27 барабарға көбейгени яки 300 мыңға жеткени Нөкис қаласының раўажланыў келешеги жақсы екенлигиниң айқын дәлийли болмақта. Демек, Нөкис қаласында туризмди раўажландырыў бойынша керегинен артықша имканиятлар бар.
Дүнья саяхатшыларын ләрзеге салған Лувр, Эрмитаж сыяқлы Савицкий атындағы музей, Өзбекстанның символы болған Самарқандтағы Регистан ансамб¬ли типинде қурыл¬ған Жоқарғы Кеңес ансамбли ҳәм алдына қурылған заманагөй бағ ең бай композициялық архитектуралық шешимге ийе. Бундай нәтийжеге ерисиўде әлбетте, мәмлекет басшыларының туўры жолды таңлаўы, пидакерлик мийнети үлкен роль ойнайды.
Нөкис қаласының Туран ойпатындағы Париж дәрежесине жетисиў ушын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-февральдағы «Өзбекстан Республикасының туризм потенциялын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы кең жол ашпақта. Буның ушын «Дослық» каналы туризм¬ди раўажландырыў бойынша Нөкис қаласының шырайлы объектлерин байланыстырыўшы орайлық архитектуралық композициясы яки жүреги болып есапланады. Демек, «Дослық» каналы бойына ҳәзирги ўақытқа шекем заман талабына муўапық бир қанша жумыслар исленди лекин, сооружение есабынан суўдың қәддин бир қәлипте услаў миллий архитектуралық шешимге ийе объект-лерди қурыў ҳәм кеңейтиў жойбары баслы мәселе болмақта. Буның ушын каналдың еки тәрепине, ортасына бағдарланған паяпыл ҳәм майданша, майданшаға аўқатланыў имканиятына ийе миллий қара үй тигилсе, Париж пуқараларыныңf «Дослық» каналындағы қара үйде отырып бир стакан кофе ишип қайтсам» деген нийетлери ҳақыйқатқа айланар еди.
Буған әмелияттағы тийкар, ярым әсир даўамында өзиниң бир талай қарыйдарларына ийе Ташкенттеги «Анхор» жап ернегиндеги «Анхор» кафеси. Егер жап ернегинде емес, ал, дәрьядай «Дослық» каналдың ылайлы ағын суў үстиндеги тәбият ҳаўасы, суў ағысының лапызы және де қосымша қара үй ишиндеги ҳаўа ағымының горизонтал ҳәм вертикал жөнелиси инсан қәлбине қандай дәрежеде руўхый күш ҳәм заўық бағышлаўына тил әззи. Канал бойына бул архитектуралық объектлерди қурыўға жергиликли ҳәм шет ел инвесторларын табыў мүшкил емес. Себеби, инвестор ушын бириншиден, қуратуғын объект қала орайында, екиншиден гөне объектлерди бузып көширип, компенсация төлеў машқаласы жоқ, үшиншиден халықтың ҳәм саяхатшылардың келип кетиў шараяты жоқары дәрежеде.
«Дослық» каналының архитектуралық уйытқысы «Дослық» башнясы болып толық металл¬дан исленип, тат баспаў ушын сырты хрусталға уқсас шийше материалы менен қапланып, Хрустал пирамидасы көринисине ийе болады. Жайласыў орны «Дийқан базар» менен футбол стадионын байланыстырыўшы аралық. Башня¬ның төрт тирепбердисиниң канал тәрепинде қара үй майданшасы болып, 9 қанатлы қара үй орнатылады. Тамашалаў ҳәм аўқатланыў рестораны 48 метр бәлентликте жайласып диаметри 15 метр бол¬ған айланыўшы қара үйге ийе. Башняға тийисли жәми бес қара үй болып, бул тарийхый «Бес қала»ны билдиреди. Башняның қара үй жоқарысындағы байрақ орна¬тылған мәмлекетимиздиң стратегиялық раўажланыў символының бийиклиги ғарезсизликтиң 27 жыл есабынан 27 метр етип жойбарланды. Башняның улыўма бийиклиги Нөкис қаласының пайтахт болғанына 85 жыл есабынан 85 метр болды. Демек, «Дослық» каналының архитектуралық композициялық шешими бойынша ҳәр бир объект ҳәм элементлери өзиниң философиялық мәнисине ийе.
Нәтийжеде «Дослық» канал бойы аттракционлар, хрустал пирамида ҳәм архбионика мазмунына ийе архитектуралық объект¬лер менен қурылып ба-йытылған жағдайда Нөкис қаласын Туран ойпатындағы Париж десе ҳешким бийкар ете алмайды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz