Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.08.2018 18:42
  • 2135

Жаңаланған «Арқа автовокзал»дың ашылыў салтанаты болып өтти (+фото)

Жаңаланған «Арқа автовокзал»дың ашылыў салтанаты болып өтти (+фото)


16-август күни жаңа орынға көширилген «Арқа автовокзал»дың ашылыў мәресими болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Ә.Жийемуратов хабар бермекте.
Нөкис қаласы ҳәкиминиң 2017-жыл 7-июньдеги шешими менен «NO‘KIS ARQA-BATIS TRANS» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине Нөкис – Шымбай автомагистрал жолы бойынан 1,3 гектарлық жер орны турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен берилди ҳәм «Автостанция имаратын ҳәм жәрдемши имаратлар» қурыў бойынша жумыслар баслап жиберилди. Қурылыс жумыслары ушын «Ҳамкор банк»тиң Нөкис филиалы тәрепинен 500 миллион сумлық кредит ажыратылып, кәрхананың өзиниң есабынан 1 миллиард сум муғдарындағы қаржы жумсалды.

Жаңаланған «Арқа автовокзал»дың ашылыў салтанаты болып өтти (+фото)


– Бул жерде жолаўшылар ушын барлық қолайлықларды жаратыўға ҳәрекет еттик. Жолаўшылардың дем алыўы ушын жазда салқын, қыста жыллы орынлар, асхана, шаштәрезхана, дәрихана, азық-аўқатлық затлар дүканы, автотранспортларға техникалық-сервис хызметин көрсететуғын устаханалар ҳәм басқа да барлық қолайлықлар бар. Вокзал күнине 250 ден аслам жолаўшыға хызмет көрсете алады,-дейди «NO‘KIS ARQA-BATIS TRANS» ЖШЖның баслығы А.Мадрахимов.

Жаңаланған «Арқа автовокзал»дың ашылыў салтанаты болып өтти (+фото)

Мағлыўмат ушын, Нөкис қаласы Қарақалпақстанның пайтахты болған пайытларында халқының саны 10 мың адамнан сәл көбирек болған.
Қала толысып, өткен әсирдиң 50-жыллары автовокзаллар қурылып, транспорт қатнасы тәртипке түсе баслаған. Сол жыллары арқа районлардың халқы ушын транспорт хызметин көрсететуғын «Арқа автовокзал» бурынғы «Шымбай шайхана»да, ҳәзирги Спорт комплекси жайласқан орында еди. Қала кеңейип, халқының саны 100 мыңнан артып кеткен 1979-жыллары «Арқа автовокзал» бүгинги күнге шекем хызмет етип келген ҳәзирги орнына көширилген.

Жаңаланған «Арқа автовокзал»дың ашылыў салтанаты болып өтти (+фото)

Бүгинги күни болса, пайтахтымыз халқының саны 300 мыңнан аслам. Қала орайынан арқа районларға бурылатуғын сыртқы айланбаға шекемги аралықтың өзи 15 километрди қурайды.
Усыларды есапқа алып, арқа автовокзалды сол айланбаның арқа тәрепинен заманагөй көринисте қайтадан салыў ҳәм вокзалды көшириў бойынша жумыслар өткен жылы басланған еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Уқсас жаңалықлар

Европада газдиң баҳасы рекорд дәрежеде қымбатлады

Европада газдиң баҳасы рекорд дәрежеде қымбатлады

    Европадағы саўдаларда газ баҳасы 2-январь күни мегаватт/саат ушын 50,3 евроға шекем (шама менен 1 мың

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

    2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады. Бул ҳаққында «New York Post»

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде