Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.08.2018 11:39
  • 1825

Мәмлекетлик салық басқармасында “Коррупция - миллий қәўипсизликке қәўип” атамасында мәжилис болып өтти

Мәмлекетлик салық басқармасында “Коррупция - миллий қәўипсизликке қәўип” атамасында мәжилис болып өтти

Мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында ең баслы тосық есапланған коррупция иллетине қарсы гүресиў әзел-әзелден глобал машқалалардың бири болып келгенлиги ҳеш кимге сыр емес. Ашынарлысы, бул ҳәрекет ҳәзирги күнде де пуқараларымыз арасында ушырасып келмекте.
Мине бул иллеттиң алдың алыў ҳәм болдырмаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының мәжилислер залында “Коррупция - миллий қәўипсизликке қәўип” атамасында мәжилис болып өтти, деп хабар берди ҚР МСБ Өз қәўипсизлиги бөлими оператив хызметкери А.Ембергенов.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетилик салық басқармасы баслығы Давронбек Бабажанов ашып берди хәм басқарып барды.
Өзбекстан Республикасы Нызамшылығында “коррупция”- шахстың жеке мәпи яки хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда өзге шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық пайда көриў мақсетинде нызамға қайшы рәўиште пайдаланыў ҳәм усыныў болып табылады деп тәрийип берилген.
Мәжилисте, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы аға прокуроры Бекзод Искандаров ҳәм Қарақалпақстан Республикаси мәмлекетлик салық басқармасы, Нөкис қаласы мәмлекетлик салық инспекциясы ҳәм районлық мәмлекетлик салық инспекцияларының хызметкерлери ҳәмде 40 тан аслам исбилерменлер қатнасты.

Мәмлекетлик салық басқармасында “Коррупция - миллий қәўипсизликке қәўип” атамасында мәжилис болып өтти

Мәжилисте сөзге шыққанлар коррупцияның мазмун-мәниси, оның нызам алдындағы аянышлы ақыбетлери ҳаққында айтып өтти. Буннан соң басқарма баслығы Д.Бабажанов жыл басынан Мәмлекетлик салық хызмети органларында турақлы түрде профилактикалық илажлардың алып барылып атырғанлығы ҳәм алдағы ўақытларда да даўам ететуғынлығын айтып өтти.
Мәжилис соңында исбилерменлер өзлериниң қызықтырған сораўларына тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.
Бундай илажлар республикамыз Мәмлекетлик салық инспекцияларында даўам етпекте.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған