Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.08.2018 17:21
  • 1821

НМПИ 50 ге шамалас халықаралық жоқары оқыў орынлары менен байланыслар орнатты

НМПИ 50 ге шамалас халықаралық жоқары оқыў орынлары менен байланыслар орнатты

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дүнья жүзиндеги ең абыройлы 50 ге жақын жоқары оқыў орынлары менен еки тәреплеме байланыслар орнатты.
Институт халықаралық байланыслар бөлими баслығы Қумар Бегниязованың бизге билдириўинше, бул жоқары оқыў орынлары Англия, Польша, Россия, Қытай ҳәм Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердиң педагогика бағдарындағы жоқары оқыў орынларынан ибарат.
Усы жылдың өткен 6 айы даўамында институттың 70 ке шамалас профессор-оқытыўшылары халықаралық конференциялар, семинар ҳәм басқа да илимий-педагогикалық сапарларда болып, қатнасып қайтты.
Институт Эразмус + Рукфельт, Эразмус + Магнет ҳәм Аксесс сыяқлы 3 халықаралық жойбарда белсене қатнаспақта.
Сондай-ақ, институт ҳәзирги ўақытта Британия ҳәм Жәҳән банкиниң, сондай-ақ, Халықаралық раўажландырыў фондының грантлар бағдарламасында да мүнәсип түрде қатнаспақта.
Бундай халықаралық байланыслардың раўажланыўы әлбетте өз нәтийжесин береди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған