Алдын хабар бергенимиздей, бүгин – 25-август күни Нөкис қаласындағы 55 метр бийикликтеги Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақларының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов, «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығы С.Саййид ҳәм Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ш.Базарбаевалар сөзге шығып, пүткил халқымызды Ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллығы менен қутлықлады ҳәм Ғәрезсизлик дәўиринде қолға киргизилген табысларды айрықша атап өтти.
Буннан соң елимиздеги көп миллетли халық ўәкиллери мәмлекетлик гимнлердиң жаңлаўы астында мәмлекетлик байрақларды көкке көтерди.
Илаж көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ислам Матеков.Фото: Мақсет Ҳабибуллаев.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz