Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.08.2018 12:48
  • 1760

Быйыл бакалавриат ушын ажыратылған квоталардың 13 мыңнан асламы бос қалды. Не ушын?

Быйыл бакалавриат ушын ажыратылған квоталардың 13 мыңнан асламы бос қалды. Не ушын?

2018-2019-оқыў жылы ушын белгиленген 82 900 орынға 69 516 абитуриент студент болып кирген. Бул жағдай бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң басқарма баслығы Абдували Холиқов түсиник берди, деп жазады Kun.uz сайты.

- 2018-2019-оқыў жылы ушын республикамыздағы жоқары оқыў орынларына жәми 679 979 абитуриент ҳүжжет тапсырған. 13 күн даўамында өткерилген тест сынақларында 69 516 абитуриент студентликке қабыл етилди. Бирақ, биз 82 900 қабыллаў квотасын белгилеген едик. Техника бағдарларына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ең жоқары баллдың 30 процентин (56,7 балл) де топлай алмаған. Нәтийжеде республика бойынша ажыратылған қабыллаў квоталарының 13 мыңнан асламы бос қалды, - деп айтып өткен басқарма баслығы.

Еслетип өтемиз, республикамыздың жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 5-санлы протоколы тийкарында тест сынақларында кириў ушын жеткиликли балл топлай алмаған, бирақ ең максимал баллдың 30 процентин топлаған абитуриентлерге жоқары билим алыў имканын бериў мақсетинде 276 бағдарда жәми 11 түрли муғдарда арттырылған төлемли контракт муғдары тастыйықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған