Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.08.2018 13:16
  • 1655

Жаңа оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында баҳалаў системасы өзгереди

Жаңа оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында баҳалаў системасы өзгереди

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары Одил Абдураҳмонов төмендеги жаңалықлар ҳаққында хабар берди, деп жазады Kun.uz сайты.

- Жаңа оқыў жылында бирнеше реформаларды әмелге асырыўға ҳәрекет еттик. Атап айтқанда, быйыл студентлердиң өзлестириўин баҳалаў системасы жетилистирилген формаға өткериледи. Бунда алдынғы 100 баллық системадан ўаз кешиледи ҳәм 5 баллық баҳалаў енгизиледи.
Соның ишинде, педагогтың жуўмақлаўшы қадағалаў имтиханларындағы қатнасыўын шеклеў әмелияты қолланылады. Гезектеги өзгерислердиң бири «устаз-шәкирт» дәстүрин енгизиў мақсетинде оқыў жүклемелерин есапқа ала отырып профессор-оқытыўшылар «ўақыт нормалары»ның жаңа механизмлери тастыйықланады. Жоқары оқыў орынларында педагог хызметкерлерди таңлаў тийкарында жумысқа қабыллаўдың жаңа тәртиби белгиленеди.
Питкериўши студентлер тапсыратуғын жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациялық имтиханлары оптималластырылады ҳәм тийкарынан питкериў қәнигелик жумыслары ямаса қәнигелик пәнлерден мәмлекетлик имтиханларға итибар бериледи, - деп айтып өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған