
30-август күни Нөкис қаласындағы Амфитеатрда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 27 жыллығына бағышланған байрам салтанаты болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Д.Абибуллаев хабар бермекте.

Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов сөзге шығып, халқымызды ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллық байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер шеңберинде халқымыздың турмысында унамлы өзгерислер менен жаңаланыўлар, елимиз экономикасында үлкен раўажланыўлар жүз бермекте. Атап айтқанда, усы жылдың биринши ярымында бюджет дәраматларының артығы менен орынланыўы есабынан 487 миллиард сумға шамалас қаржының халқымыздың ийгилиги ушын қалдырылыўы, өткен айлар даўамында Россия, Қытай, Түркия, Қубла Корея, Германия, Латвия, Швейцария ҳәм басқа да мәмлекетлер менен 360 миллион долларлық саўда айланысының жолға қойылыўы жаңа имканиятлар есигиниң ашылыўына тийкар болмақта. Соның менен бир қатарда, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында 234 миллиард сумлық қурылыс және реконструкция жумыслары алып барылмақта.

Буннан соң байрам салтанаты мәмлекетлик гимнлер жаңлаўы менен басланды.
Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.




Ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллығына арналған байрам салтанатлары Қарақалпақстан Республикасы бойлап даўам етпекте.
М.Ҳабибуллаевтиң түсирген сүўретлери.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


