
Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы Өзбекстаннан алып шығылыўы мүмкин болмаған предметлер ҳаққында мағлыўмат берди.
Онда жазылыўынша, төмендегилер Өзбекстан Республикасы аймағынан алып шығылыўы мүмкин емес:
- елиў жыл ҳәм оннан алдын жаратылған мәдений байлықлар;
- мәмлекет тәрепинен қорғаў дизимлери ҳәм реестрлерине киргизилген мәдений байлықлар;
- Өзбекстанның мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик музейлери, архивлери, китапханалары ҳәм басқа сақлаў орынларында турақлы түрде сақланып атырған мәдений байлықлар.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


