
Жаңа оқыў жылының дәслепки күни пайтахтымыздағы «Жаңа базар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Д.Абибуллаев хабар бермекте.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы байрамы, жаңа оқыў жылының басланыўы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Өткен жылдың март айында қурылысы басланған бул мектеп имаратында 4 миллиард 478,4 миллион сумлық қурылыс жумыслары орынланды.

-Жәми 216 оқыўшыға мөлшерленген мектеп имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы турғынларымыз ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды,-дейди «Жаңа базар» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Нийетбай Қалбаев.- Себеби, аймағымызда оқыў орны болмағанлықтан балалар Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы, 41-санлы, 44-санлы, 22-санлы ҳәм 23-санлы мектеплерге қатнап оқып келди. Бул болса, бир қатар машқалаларды келтирип шығарар еди. Енди болса, жақын жердеги кең ҳәм жақтылы, барлық қолайлылықларға ийе мектепте оқыйтуғын болды. Буның ушын ата-аналар атынан шексиз миннетдаршылық билдиремиз.


Усы күни 1-классқа қәдем қойған 47 оқыўшыға 12 атамадағы Президент саўғасы тапсырылды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


