Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Ең жақсы ҳуқық үгит-нәсиятлаўшысы» таңлаўы шөлкемлестирилген еди. Таңлаў жәми 10 номинация бойынша өткерилди.
Таңлаўдың «Мәкан пуқаралар жыйынларында ҳуқықый мәдениятты жетилистириўдеги белсендилиги ушын» номинациясы бойынша ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары бойынша мәкан пуқаралар жыйынларында системалы түрде ушырасыў ҳәм дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестирген Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының жетекши қәнигеси Фарҳад Ибрагимов жеңимпаз деп табылды.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, таңлаўға еки ай даўамында 170 тен аслам материаллар келип түсти. Таңлаў уставына муўапық, төрешилер қурамы усы материалларды үйренип, жасырын даўыс бериў жолы арқалы жеңимпазларды анықлады.
Жеңимпазларды сыйлықлаў салтанаты 12-сентябрь күни өткерилиўи жобаластырылған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz