Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.09.2018 00:02
  • 1289

Усы жылдың 11-сентябрь күни НМПИге Япониядан профессор-оқытыўшылар келеди



Усы жылдың 8-11-сентябрь күнлери елимизге Япония мәмлекетинен бир қатар профессор-оқытыўшылардың келиўи жобаластырылған. Япониядағы ең белгили ҳәм абыройлы 9 жоқары оқыў орнынан 10 профессор-оқытыўшының келиўи ҳәм олардың Арал теңизине саяхат етип, ол жердеги бүгинги жағдай менен танысыўы нәзерде тутылған. Сондай-ақ, олар сапар даўамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болып, бул жердеги оқыў процеси менен жақыннан танысады. Бул ҳаққында кейинирек толық мағлыўматларды сайтымыз арқалы берип барамыз.
Елимизге бундай жоқары дәрежедеги мийманлардың келиўи ҳәм олардың орынларда ушырасыўлар өткериўи профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслардың билимге және де қызығыўшылығын арттырыўы сөзсиз.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Халық аралық байланыслар» бөлими методисти
Сахибжамал Есемуратова

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында