Telegram karinform

Спорт

  • 08.09.2018 08:35
  • 2217

НМПИ дене мәденияты факультетинде «Кураш миллий спорт күни»не арналған ушырасыў болып өтти

НМПИ дене мәденияты факультетинде «Кураш миллий спорт күни»не арналған ушырасыў болып өтти
6-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультетинде «6-сентябрь – Кураш миллий спорт күни» мүнәсибети менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Илажға Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген дене тәрбия ҳәм мәденият хызметкери, ветеран спортшы, спорт устасы Ж.Мәмбетов, институт дене мәденияты факультети деканы А.Утепбергенов, институт спорт клубының баслығы А.Ережепов, дене мәденияты факультети 3-курс студенти, спорт устасы Ш.Жоллыбаева, 3-курс студенти, Азия чемпионы ҳәм жақында болып өткен Азия ойынлары қатнасыўшысы Н.Есенбаева, 3-курс студенти, халықаралық көлемдеги спорт устасы А.Мақсетбаев ҳәм факультеттиң студент-жаслары қатнасты.

НМПИ дене мәденияты факультетинде «Кураш миллий спорт күни»не арналған ушырасыў болып өтти
Ушырасыў кешесин институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Кадиров алып барды. Ушырасыўда институт дене мәденияты факультети деканы А.Утепбергенов сөзге шығып, өткен жылдан берли «6-сентябрь – Кураш миллий спорт күни» сыпатында кең түрде белгиленип атырғаны, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған миллий спорт түрин раўажландырыў, халықаралық көлемде кең ен жайдырыў жолында әмелге асырылып атырған жумысларға кең тоқталды.
Атап өтилгениндей, кураш бойынша 1999-жылы Ташкент қаласында биринши мәрте жәҳән чемпионаты өткерилген болса, усы күнге шекемги ўақыт ишинде миллий спортымыз Азия ойынлары қурамына кирди. Өткен жылы сентябрь айында Түркменстанда өткерилген жабық имаратлардағы биринши Азия ойынларына кураш спорты да киргизилип, республикамыз палўанлары 10 алтын ҳәм 1 бронза медалын қолға киргизген еди.
Усы жылы Индонезияның Джакарта ҳәм Палембанг қалаларында өткерилген Азия ойынлары спорт түрлери қатарына кураштың да қосылғанлығы бул спорт түриниң халықаралық көлемде раўажланып, кең ен жайып атырғынан дәрек береди. Бул жарыста да жерлеслеримиздиң 6 алтын, 2 гүмис ҳәм 4 бронза медальларын қолға киргизиўи спортшыларымыздың халықаралық дәрежесин көрсетип берди.

НМПИ дене мәденияты факультетинде «Кураш миллий спорт күни»не арналған ушырасыў болып өтти
Ушырасыўда ветеран устазлар, факультеттиң үмитли спортшылары да шығып сөйлеп, елимизде спортты ҳәр тәреплеме ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин енгизиўге берилип атырған итибардан нәтийжели пайдаланыў жаслар алдындағы баслы ўазыйпалардың бири екенлигин атап өтти.

НМПИ дене мәденияты факультетинде «Кураш миллий спорт күни»не арналған ушырасыў болып өтти
НМПИ дене мәденияты факультетинде «Кураш миллий спорт күни»не арналған ушырасыў болып өтти
НМПИ дене мәденияты факультетинде «Кураш миллий спорт күни»не арналған ушырасыў болып өтти
Байрам мүнәсибети менен ветеран устазлар ҳәм спортшыларға естелик саўғалары тапсырылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи...

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

    Усы жылдың 20-22-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына суўық ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. 20-21-декабрь күнлери Өзбекстанның

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир