Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.09.2018 14:24
  • 1090

Қойыўластырылған сүтти үй шараятында қалай таярлаў мүмкин?

Қойыўластырылған сүтти үй шараятында қалай таярлаў мүмкин?
Дүканнан сатып алатуғын қойыўластырылған сүтти (сгущенное молоко) көпшилигимиз нанға жағып жеўди хош көремиз. Олардың қурамында химиялық қоспалар да болыўы мүмкин. Қойыўластырылған сүт керек болып, дүканға барыўға мүмкиншилик болмаса, оны өзиңиз үй шараятында таярласаңыз да болады.

Зәрүрли азықлық затлар:
- 250 мл сүт;
- Ярым стакан унтақланған сүт;
- Ярым стакан қант.

Ҳәммеси де табылатуғын әпиўайы затлар. Дәслеп сүт, қант ҳәм унтақланған сүтти ыдысқа салып, миксер менен араластырамыз. Араласпаны кишилеў кастрюльге яки ыдысқа саламыз.
Ал үлкен кастрюльге суўды қуйып, қайнағанға шекем күтемиз.
Кейин киши кастрюльди ишиндеги араласпасы менен суўы қайнап турған үлкен кастрюльге саламыз. Бир саат даўамында оны араластырамыз. Бир сааттан аз ўақыт сарпласаңыз қойыўластырылған сүт онша уқсамай қалыўы мүмкин.
Кейин оны алып, нанға жағып жеўиңиз мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...