Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.09.2018 12:46
  • 1947

Өзбекстанда пахтаны не ушын бюджет мәкемелериниң хызметкерлери ҳәм студентлер терген?

Өзбекстанда пахтаны не ушын бюджет мәкемелериниң хызметкерлери ҳәм студентлер терген?
Өзбекстанда адамлар пахта териўге төленетуғын ҳақының аз болғаны ушын оны ықтыярлы түрде териўге қызықпаған. Усы себептен пахта теримине мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм студентлер мәжбүрий түрде тартылған. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Шерзод Кудбиев айтып өтти, деп жазады Kun.uz сайты.
- Алдынғы жыллары пахтаны териў бойынша белгили бир жоба бар екенлигин айтып келдик. Бул жобаны орынлаў ушын жумысшы күшин мобилизациялаў керек болған, терим дәўири болса шекленген – 40 күн. Бул мийнетке төленетуғын ҳақы аз болғанда, ҳеш ким өз қәлеўинше пахта териўди қәлемейди, - деп айтқан Кудбиев.
Министрдиң айтыўынша, ең үлкен машқала дерлик өз жумысын тоқтатып, хызметкерлерди пахта териўге шығарыўға туўра келген бюджет мәкемелери болған. Кудбиев жумыслардың булай алып барылыўы надурыс болғанын айтқан.
- Әлбетте, пахтаға студентлер жиберилген жағдайлар болған, биз оларды бақладық. Буған шек қойылды, бирақ балалар мийнетинен пайдаланылған жағдайлар да болған. Бизиң ең үлкен машқала бюджет мәкемелери болған. Орынларда басшылар балалар бақшалары, мектеплер ҳәм емлеўханалар хызметкерлерин пахта териўге мәжбүр еткен. Қайсыдур районға барсаңыз, ҳәкимият имаратында «Ҳәмме пахтада, барлық жер жабық» деген жазыўға дус келер едиңиз. Яғный мектеплер пахта мәўсиминде ислемейтуғын, ҳеш ким аўырып жатпаўы, бала туўмаўы керек болған. Биз буның надурыс екенлигин түсинемиз, - деп айтып өтти Кудбиев.
Министрдиң пикиринше, мәжбүрий мийнет пенен бәрқулла гүресиў қыйын болған, себеби экономикалық хошамет болмаған.
- 2018-жыл неси менен парқланады? Орынларда басшылар пахта териўге мәжбүрлемеўи ушын пахта терими ушын көп муғдарда қаржы ажыратылған. Бул процесс өз қәлеўи менен, ықтыярлы болыўы керек. Ҳәзир биз бул дәстүрди өзгертпекшимиз, - деп қосымша еткен Кудбиев.
Быйылғы жылы қолда терилген пахта ушын төленетуғын ҳақы 1 кг ушын мың сумға шекем жетпекте. Өнимди жыйнаўдың дәслепки басқышында, шәртнама 60% ке орынланғанда, пахта териўшилерге 1 кг пахта ушын 650 сум, 2-басқышта, яғный шәртнама 80% ке орынланғанда – 850 сум, 3-басқышта болса (80% ҳәм оннан да көбирек) 1000 сум төленеди.
Салыстырыў ушын, 2017-жылы пахтаны қолда териў ушын төленетуғын мийнет ҳақы 450, 500 ҳәм 700 сумды қураған. Министрликтиң баҳалаўынша, ҳәзирги баҳалар менен бир адам пахта териминен 40 күнниң ишинде 3 млн сумға шамалас пул табыўы мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған