Ҳүрметли Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары!
Республика исбилерменлери ҳәм исбилерменлик басламалары менен жаңа жойбарлар ийелери!
Сизди Қарақалпақстан Республикасының аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыўға исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў, исбилерменлик басламалар ҳәм жойбарлардың өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, бос турған объектлерден, жер участкаларынан ҳәм басқа да инфраструктуралардан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде 2018-жыл 22-сентябр саат 10:00 де Нөкис қаласы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби (Манеж спорт комплекси) имаратында Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 11-сентябрьдеги ПҚ-3939-санлы қарары менен тастыйықланған Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў топары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилип атырған бизнес форумға мирәт етемиз!
Бизнес форумға аймақтың талап ҳәм потенциалынан келип шығып, инвестиция киргизиўди талап ететуғын перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик субъектлери тәрепинен қоллап-қуўатланған ҳәм тийисли аймақта әмелге асырыў усыныс етилип атырған перспективалы жойбарларды оператив түрде көрип шығыў және потенциаллы инвесторлар менен ушырасыўлар өткериў мақсетинде шет елли инвесторларды тартыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, бизнес форум шеңберинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет ярмаркасы да шөлкемлестириледи.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бул бизнес форум Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 11-сентябрьдеги «Аймақларда исбилерменлик басламалары ҳәм жойбарларын жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3939-санлы қарары тийкарында әмелге асырылмақта.
Бәршеңизди бизнес форумға мирәт етемиз!
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер КеңесиСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz