Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.09.2018 12:38
  • 1419

Ақтөбе ўақыясы. Судланыўшы шофёр автобус айналарын сындырып, өзбекстанлылардың айнадан секириўин сораған

Ақтөбе ўақыясы. Судланыўшы шофёр автобус айналарын сындырып, өзбекстанлылардың айнадан секириўин сораған
Ақтөбеде жүз берген автобус өртениўине байланыслы суд процеси даўам етпекте. Судланыўшы Барат Таңатов айналарды сындырып, өзбекстанлылардың секириўин өтиниш еткенлигин айтпақта, деп хабар бермекте ҚазАқпарат.
Ақтөбе ўәлаятлық жынаят ислери бойынша районлар аралық судында автобус өртине байланыслы судланыўшылар жуўап берди. Судланыўшы Барат Таңатов өрт ўақтында нелер жүз бергенин толық айтып берди.
- Мен 14-январь күни Мақсат Пернебековти көрип, оның Россияға баратуғынлығын билдим. Ол 16-январь кешки автобустың бузылып атырғанын, оңлаўға жәрдем бериўди сорады. Бардым, бирақ жәрдемлесе алмадым. Таңда Пернебеков және хабарласып, рейске шығып баратырғанын айтты. Мен автовокзалдан емес, жолдан миндим. Мақсетим – Казань қаласына жетип, автомобиль сатып алыў ушын Нижний Новгородқа барыў еди. Қлтамда ақшам да бар еди. Кейин Пернебеков меннен автобусты басқарыўға жәрдем бериўимди сорады және ақша бериўге ўәде берди. Мен келисип, Шымкенттен Жаңақорғанға шекем автобусты басқардым. Ал Аралға келип, дем алыў орнына тоқтаған ўақытта 2 өзбекстанлы жигит төбелесип қалды. Олар өзбекстанлыларды алып баратырған басшылары екен. Жолда полиция тексерген ўақытта да автобустың рулинде мен едим. Полицияға ҳүжжетлеримди көрсеттим. Ҳүжжетлер арасында жолаўшылардың дизими болғаны менен, қанша адам екенлигин анық билмейтуғын едим, - деген судланыўшы Барат Таңатов.
Автобус тоқтаған ўақытта айыпланыўшы уйқлап жатырған екен. Таңғы саат 7:00-7:30 ларда оны Мақсат Пернебеков оятқан.
- Пернебеков тоңып қалғанлар жылыныўы ушын далаға автобустың аўысық дөңгелегин жағыўға болатуғынлығын айтты. Бирақ, ҳеш ким ҳәрекетленбеди. Мен ишке киргенде олардың жылыныў ушын «паяльник» пайдаланып отырғанын көрдим. Нуржан Қырғызбаев отырды, мен қасында турдым. Кейин қарсы тәрепке автобус келип тоқтады, мен барып, ишине кирип сөйлесип турғанда Нуржан Қырғызбаев шықты. Ол 5-6 метр узақласқанда балағы жанған және бир адам шықты. Сонда қасымызға келип тоқтаған автобус ишиндеги өрт өшириў қуралын алып, айналарға ылақтырдым, секириңлер деп бақырдым. Қыйғырысып атыр еди, бирақ ҳеш ким секирмеди, - деди судланыўшы Барат Таңатов.
Ол қолына өрт өшириў қуралын алып, ислетпекши болады. Бирақ, қурыл истен шыққаннан соң оны айнаға ылақтырып, ишиндеги адамлардың секириўин өтинген.
- Қасымыздағы автобустан еки шофёр шықты, мен де қарадым. Өрт өшириў қуралы иске қосылмады. Айналардың барлығын айланып сындыра басладым. Ишинде адамлар шуўласып атыр еди. Нуржан Қырғызбаев да сындырды. Секириңлер деп бақырғаным менен ҳеш ким секирмеди. Алдынғы есиктен шығыў мүмкин емес еди. Себеби, самал күшейип өрт беттер күшейди. Сонда тек Мақсат Пернебеков пенен және бир өзбекстанлы жигит шықты. Қара түтин болды. Аман қалған еки өзбекстанлы жигит қарсы тәрепте тоқтап турған автобустың ишине барып отырды. Автобус жанған ўақытта қасымызға келип тоқтаған автобустағы 20 дан аслам адам шығып көмеклеспеди, - деди Б.Таңатов.
Судланыўшы өрт алдынғы есик тәрепте пайда болғанлығы себепли ишке кирип, жәрдем бериў мүмкин болмағанын, 10-15 минутта автобус пүткиллей жанып кеткенлигин айтып өтти.
Мағлыўмат ушын, усы автобус өртениўине байланыслы «Транспорт қуралларын басқаратуғын адамлардың жол қағыйдалары ямаса транспорт қуралларын пайдаланыў қағыйдаларын бузыў», «Өрт қәўипсизлиги талапларын бузыў», «Ўазыйпасына немқурайды қараў», «Транспорт қуралларын сапасыз оңлаў ямаса оларды техникалық кемшиликлер менен пайдаланыўға шығарыў» сыяқлы баплар менен үш транспорт басқарыўшысы, механик ҳәм шөлкемлестириўши – Нуржан Қырғызбаев, Мақсат Пернебеков, Барат Таңатов, Нурлыбек Тилепбаев ҳәм Бахадур Пердебаевлар айыпланып, суд процессии даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

    Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги тәрепинен автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшаларында тутыныўшыларға жеткерип берилип атырған автобензинниң сапа

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

    Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Тергеў басқармасы тәрепинен «Quramax Medikal» ЖШЖ ҳәм «Дәри

Президент «тонировка» мәселесине тоқталды

Президент «тонировка» мәселесине тоқталды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев бүгинги өткерилип атырған жыйналыста «тонировка» мәселесине тоқталып өткен.   «Ҳәр бир реформамыз,