Бүгин саат азанғы саат 08:30 ларда Бухара ўәлаяты Когон районы аймағынан өтиўши Бухара-Қоровулбозор магистраль жолында ишинде 26 жолаўшысы болған автобустың жол-транспорт ҳәдийсесине ушыраўы ҳәм газ баллонының атылып кетиўи ақыбетинде 4 адам ўақыя жүз берген жерде, 1 адам болса емлеўханада көз жумған. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.
5 адам аўыр аўҳалда Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Бухара филиалына жатқарылған. 7 адамның орташа дәрежеде, 9 адамның жеңил дәрежеде наўқасланғаны айтылмақта. Олар Когон қалалық медициналық бирлеспеси қыстаўлы медициналық жәрдем бөлимине жатқарылған.
Жарақатланғанларға медициналық жәрдем көрсетиў ушын барлық зәрүли илажлар көрилип, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайынан хирург, нейрохирург ҳәм реаниматолог қәнигелер санавиация тармағы арқалы жиберилди.
Ҳәзирги ўақытта жәбир көрген адамлардың шахсы ҳаққындағы мағлыўматлар анықланбақта.
Автоаварияның себеплерин үйрениў бойынша Ҳүкиметлик комиссия дүзилди.
Ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиевтиң жазыўынша, айрым ғәрезсиз басылымлар усы автобуста пахта теримшилери болған, деп хабар бермекте. Бул қаншелли ҳақыйқатқа туўра келиўи тексерилмекте.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz