Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.09.2018 14:47
  • 1568

НМПИде Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң топар ҳәм факультет жетекшилери сайлаўы болып өтти

НМПИде Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң топар ҳәм факультет жетекшилери сайлаўы болып өтти
Усы жылдың 7-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының барлық академиялық топарларында Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң топар жетекшилери сайлаўы болып өтти. Онда институттың барлық бакалавиатура ҳәм магистратура топарларында ашық даўыс бериў жолы арқалы топар жетекшилери сайланды.
НМПИде Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң топар ҳәм факультет жетекшилери сайлаўы болып өтти
Сондай-ақ, 14-15-сентябрь күнлери Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтындағы 9 факультеттиң жаслар жетекшилери сайлаўы да жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилди.
НМПИде Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң топар ҳәм факультет жетекшилери сайлаўы болып өтти
- Өткен жылы 5-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманы тастыйықланған еди. Пәрманда атап өтилгениндей, жаслар менен ислесиўди еле жетилистириў, олардың ишине еле де кирип барып, бир ийгиликли мақсет жолында бирлестириў, машқалаларын үйрениў, қызығыўшылықларын ҳәм умтылысларын мүнәсип баҳалаў мақсетинде ҳәр жаңа оқыў жылы басында ҳәр бир жоқары оқыў орнында топар, факультет ҳәм жоқары оқыў орнының жаслар жетекшилери сайлаўын өткериў белгиленген. Институтымызда да бул жумыслар әдиллик ҳәм әшкаралық принципи тийкарында өткерилмекте, - дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты басланғыш шөлкеми жетекшиси ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Ҳамид Қурбанбаев.
НМПИде Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң топар ҳәм факультет жетекшилери сайлаўы болып өтти
Мағлыўмат ушын, институт жаслар жетекшиси сайлаўы усы жылдың 21-22-сентябрь күнлери өткерилиўи жобаластырылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында