Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.09.2018 16:24
  • 1703

Шымбайда 30 жыл 9 айлық мийнет стажы болған пуқараның пенсияға шығыўы менен байланыслы машқала жүзеге келди. Жуўмағы не болды?

Шымбайда 30 жыл 9 айлық мийнет стажы болған пуқараның пенсияға шығыўы менен байланыслы машқала жүзеге келди. Жуўмағы не болды?
Шымбай районы турғыны Магрипа Матжанова райондағы Туберкулез емлеўханасында ислеген дәўириндеги улыўма мийнет стажы 30 жыл 9 ай, соннан арнаўлы стажы 23 жыл 9 айды қурайтуғынлығын, бирақ, Бюджеттен тысқары пенсия қоры Шымбай районы бөлими оның мийнет стажларын есапқа алмастан, аттестация жуўмақлары бойынша жеңилликли жасқа байланыслы пенсия тайынлаў мүмкиншилиги жоқ, деген жуўмақ шығарады. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.
Буннан соң М.Матжанова Шымбай районы Ҳәкимшилик судына мүрәжат етиўге мәжбүр болады. М.Матжанованың арзасына ҳәм судта анықланған жағдайларға, сондай-ақ, жумыс ҳүжжетлерине муўапық «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 12-статьясында көрсетилген аққырғы жумыс орнына қарамастан және усы Нызамның 7-статьясында белгиленген 5 жылға қысқартылған ҳалда пенсия алыў ҳуқықына ийе болды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған