Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.09.2018 13:42
  • 1795

Жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталары бийкар етиледи. Абитуриентлер бир неше ЖООға ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болады

Жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталары бийкар етиледи. Абитуриентлер бир неше ЖООға ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болады
Енди Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жоқары оқыў орынларына қабыллаў бойынша квоталар белгиленбейди, деп жазады Kun.uz сайты Президент пәрманына тийкарланып.
Мәмлекет басшысы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине 2019-жыл 1-апрельге шекем студентлерди жоқары оқыў орынларына төлемли контракт тийкарында қабыллаў ушын квоталарды басқышпа-басқыш бийкар етиўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти ислеп шығыў ҳаққында тапсырма берди.
Ҳүжжет тийкарында, жоқары оқыў орынларына билимлендириў мәкемесиниң мүмкиншиликлеринен келип шыға отырып студентлерди қабыллаў ушын квоталарды еркин түрде белгилеў ҳуқықы бериледи.
Сондай-ақ, абитуриентлерге бир ўақыттың өзинде бир неше жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыў ушын рухсат берилиўи жобаластырылған.
Мәлим болыўынша, елимизде жаңа жоқары оқыў орынлары, атап айтқанда, сырт елли ҳәм мәмлекетлик емес ЖООны шөлкемлестириў есабынан жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси бирқанша жоқарылайды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...